Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди
2084
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен халықтан келип түсип атырған мүрәжатлар менен ислесиўге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда бүгинги күнде мәкеме-шөлкемлер, министрлик, жергиликли ҳәкимлик ҳәм басқарыў уйымларына пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, сондай-ақ, бул бағдарда пуқаралар мүрәжатларына немқурайдылық пенен қарап киятырған айырым тараўлар жумыслары сын көз қараста талқыланды.
Быйылғы жылда Президент Виртуал ҳәмде Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан жәми 45 мың 280 мәселеде мүрәжатлар келип түскен ҳәм бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5 пайызға өскенлигин көрсетеди. Мәжилисте өз нәўбетинде айырым районлар кесиминде мүрәжатлар саны кемейгени менен бир қатарда пуқаралардың машқалаларына өз ўақтында шешим табыўда кемшиликлерге жол қойып атырған районларда мүражатлар саны артқанлығына, сондай-ақ, тараўлар кесиминде социаллық жәрдем, жол қурылысы, газ ҳәм электр тәмийнаты бойынша да мүрәжатлар көбейгенлигине айрықШа тоқталып өтилди.
Мәжилис барысында Жоқарғы Кеңес Баслығы мүрәжатларға шешим табыўдағы көрсеткишлер төмен екенлиги, көпшилик жағдайда келген мүрәжатларға тек ғана ҳуқықый түсиник бериў менен ғана шекленип қалып атырғанлығы, машқалалар шешимин таппай қайта мүражат етиў, мүрәжатлар итибарсыз қалдырылыўы жағдайларын қатаң сынға алып, жумысларды дурыс шөлкемлестирип алыў бойынша барлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларына қатаң тапсырма берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети