«Алтын жағыс» мәҳәллесинде алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары көзден өткерилди
«Алтын жағыс» мәҳәллесинде алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары көзден өткерилди
1408
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова тәрепинен Нөкис қаласындағы «Алтын жағыс» мәҳәллесинде алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары депутатлық қадағалаўға алынған болып, бүгин аймақта алып барылып атырған ийгиликли жумыслар көзден өткерилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы тәрепинен пуқараларды қыйнап киятырған мүрәжатлары тыңланып, шешимин табыў бойынша илажлар көрилмекте.
Айтып өтиў орынлы, мәҳәлледе үлкен абаданластырыў жумыслары даўам етпекте. Бүгин «Алтын жағыс»та мәҳәлле имәраты, балалар майданшасы, мобиль медициналық көриктен өткериў пункти, Дослық қаналы бойынан жаслар аллеясы сыяқлы жаңа қурылысларды көриўиңиз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети