Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының 2022-жыл 29-сентябрь күни болыўы белгиленген қоспа мәжилиси алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы З.Реймова ҳәм тийисли тараў басшылары сондай-ақ, районлық кеңес депутатлары орынларда үйрениў жумысларын алып барды.
Үйрениўлер даўамында жол транспорт ҳәдийселери ең көп ушырасып атырған район орайындағы айланба жол, Жипек жолы ҳәм Мустақыллық көшелериниң кесилиспелерине светофор орнатыў бойынша усыныслар берилиўи кереклиги, соның менен бирге, «Сүўенли» мәкан пуқаралар жыйыны имараты әтирапында абаданластырыў жумысларының талапқа жуўап бермейтуғынлығы айтып өтилди.
Сондай-ақ, Шағалакөл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы үйлердиң сыртқы фасадын оңлаў жумыслары ҳәм усы мәҳалле аймағындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде алып барылып атырған қурылыс жумыслары көзден өткерилип, қурылыс барысындағы қәте-кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў бойынша район прокуроры орынбасарына тийисли тапсырмалар берилди.
Үйрениўлер даўамында бир қанша орынлар, соның ишинде қурылыс-оңлаў жумыслары көрип шығылып, жуўмағы бойынша қоспа-мәжилисте қарап шығылыўы белгиленди.