Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Алтын Жағыс» мәҳәллесиндеги абаданластырыў жумыслары менен танысты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Алтын Жағыс» мәҳәллесиндеги абаданластырыў жумыслары менен танысты
2698
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Алтын Жағыс» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Нөкис қаласындағы «Аўыр аймақ» дизимине киргизилген мәҳәллелерде бүгинги күнде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атырған болып, усындай ийгиликли жумыслар «Алтын жағыс» мәҳәллесинде қызғын даўам етпекте.
Атап айтқанда, МПЖ аймағындағы жәми 34 көшеге қум-щебен араласпасы төселгеннен соң топырақ жоллар тас жолларға айландырылып, жүриў имканияты болмаған көшелер қайта оңланып атыр. Буннан тысқары, аймақта мәҳәлле имәраты, балалар майданшасы, мобиль медициналық көриктен өткериў пункти, Дослық қаналы бойынан Жаслар аллеясы қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен мәҳәлле аймағында алып барылып атырған жумыслар көзден өткерилип, депутатлар ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.Худайбергенов қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети