1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында
4622
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
ҚАРАР ЕТЕДИ:
Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлансын:«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен:
Алламбергенова Захира Қожаниязовна - Нөкис қаласы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Бекниязов Рустембай Исакович - Кегейли районы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Маденова Зияда Шамуратовна - Қоңырат районы 48-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Муратбоева Саида Ендирбоевна - Əмиўдəрья районы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Кудайбергенова Зибагул Джолдасбаевна - Шымбай районы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Овчаренко Андрей Викторович - Нөкис қаласы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен:
Байрыева Алмагул Қурбановна - Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы Тажимуратова Багдагул Реимбаевна - Төрткүл районы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Хожаниязов Қуанышбай Утениязович - Шоманай районы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы«Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен:
Утамбетова Тамара Есемуратовна - Мийнет ветераны«Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен:
Алламбаева Гулистан Аймуратовна - Тахтакөпир районы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Бекниязова Шыныгул Джанабаевна - Қараөзек районы кəсип-өнер мектебиниң директоры Камалова Гулнора Рузимовна - Беруний районы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Қырықбаева Сулыўхан Реймовна - Бозатаў районы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Пирниязов Искендер Қудиярович - Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы оқыў ҳәм илимий жумыслары бойынша директорының орынбасары Сейтова Шыныгул Кошербаевна - Мойнақ районы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Сейтимбетова Бахытгул Турдимиратовна - Қанлыкөл районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тəрбияшысы Тангирбергенов Неъматджон Садуллаевич - Елликқала районы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң үлкен оқытыўшысы Уббиниязов Калбай Мирзабаевич - Хожели районы балалар-өспиримлер спорт мектебиниң директоры Юсупова Дилором Амангелдиевна - Тақыятас районы 6-санлы мəмлекетлик қəнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев