Онда шарўашылық тараўында алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде нәсилли қара малларды жергикли климатымызға бейимлестириў, нәсилшилик ҳәм олардан жоқары көрсеткишли нәсил алыў, гөш-сүт өнимлерин ислеп шығарыў, базарларымызды арзан өнимлер менен тәмийинлеў, қара маллар ушын жуғымлы от-жем таярлаў бағдарындағы жетискенликлер көзден өткерилди. Сондай-ақ, аўыл хожалығы майданлары ушын тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў арқалы суўдан үнемли пайдаланыў, шорланған майданларда декоратив терек нәллерин өсириў, ирригация тармақларында суўдан нәтийжели пайдаланыў ушын жаңа технология ҳәм усылларды пайдаланыў бойынша алдынғы тәжирийбелер семинар қатнасыўшылары дыққатына усынылды.
Кең көлемли түрде шөлкемлестирилген семинарда аўыл хожалығы тараўы бойынша көргизбе де шөлкемлестирилди.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги өткерилген семинарға студент-жаслар ҳәм аймақ турғынлары да қатнасып, «Шарўашылық комплекси»нде әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.
Өткерилген илажлар жуўмағында аўыл халқы ҳәм семинар қатнасыўшылары дыққатына концерт бағдарламасы усынылып, оған көркем-өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери, эстрада қосықшылары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети