Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев исбилерменлер менен ушырасты
1380
Экономиканың турақлы өсимин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды жанландырыў, бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар бүгин экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған.
Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде республикамыздағы исбилерменлер менен ашық ушырасыў өткерип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.
Онда исбилерменлик ҳәрекетинде дусласып атырған тосқынлықлар ҳәм олардың шешими жөнинде сәўбетлести.
Ушырасыўда билдирилген мүрәжатлар тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўды әпиўайыластырыў бойынша болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билдирилген пикир усынысларды есапқа алып, тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети