Қоспа мәжилис болып өтти
1216
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети ҳәм халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының қоспа мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы орынбасары А.Матчанов алып барды, қоспа мәжилиске Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы орынбасары У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, районлық сектор басшылары, жергиликли Кеңес депутатлары, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Қоспа мәжилисте Хожели районында жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқуқларын қорғаў ҳәм тиклеў бойынша районлық Әдиллик бөлими, Ишки ислер бөлими, жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими баслықларының есабатлары тыңланып, ҳәр бир жағдай бойынша талқылаўлар, сораў-жуўаплар өткерилди ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети