Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз алтыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз алтыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
3278
Усы жылдың 3-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз алтыншы сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе Қарақалпақстан Республикасында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары – Экономикалық раўажландырыў ҳәм камбағаллықты қысқартыў министри Нуруллан Ерлепесов баянат жасады.
Сессияның күн тәртибиндеги жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы ҳаққындағы мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары – Экономикалық раўажландырыў ҳәм камбағаллықты қысқартыў министри Нуруллан Ерлепесовтың баянаты бойынша район ҳәкимлериниң бул бағдардағы жумысларды еледе жетилистириў бойынша есабаты тыңланды.
Буннан соң жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Юлдаш Алимов баянат жасады.
Сессияда усы бағдарда тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәмде хәкимликлер тәрепинен турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтыншалық жумыс орынларын жаратыў, бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў мәселелерине кеңирек тоқталып өтилди.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Өткен қысқа дәўир ишинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жәми 2 пәрман ҳәм 14 қарар қабыл етилди.
Усы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан және де раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды, сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, исбилерменликти еледе раўажландырыўға беккем тийкар болмақта.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры, 2-сектор басшысы Эркабай Таджиев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Бахтияр Төребеков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы, 4-сектор басшысы Халмурза Бекчановлар баянат жасады.
Сессияда бул бағдарда, сектор басшылары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында болды.
Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети