Халық разылығы жолындағы үлгили ҳәм ийгиликли ислер жемиси
Халық разылығы жолындағы үлгили ҳәм ийгиликли ислер жемиси
2498
Республикамызда Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен өткерилип киятырған «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ерисилген нәтийжелер менен қутлықлады ҳәм бул бағдарда халқымызды, жасларымызды ҳәмде ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаў ушын барлық имканиятлардан пайдаланыўды еледе кеңңен ен жайдырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Буннан соң сыйлықлаў мәресими басланды.
Онда,
1-орын Қанлықөл районы ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор басшысы Урумбаев Фархат Турсынбаевич;
2-орын Қораөзек районы прокуроры, 2-сектор басшысы Джолманов Нажимаддин Баймурзаевич;
3-орын Хожели районы мәмлекетлик салық инспекцияси баслығы ўазыйпасын орынлаўшысы, 4-сектор басшысы Ниятуллаев Пердебай Жумабаевич.