Усы жылдың 4-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов Бозатаў районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы 213-санлы пәрманының мәнис-мазмунын кең жәмийетшиликке түсиндириў бойынша мәжилис өткерди.
Болып өткен мәжилисте район ҳәкими ҳәм орынбасарлары, сектор басшылары, Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутатлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.
Онда тийкарынан, Пәрманда белгилеп берилген ўазыйпалар, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети