Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппаратының Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бөлими баслығы тайынланды
2924
Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўди еледе жеделлестириў ҳәм нәтийжели шешим таптырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бөлими шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бөлими баслығы лаўазымына Аўезмуратов Айдос Сейтмуратович тайынланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети