“Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы кубогы”ның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти
“Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы кубогы”ның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти
2668
Бүгин “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы кубогы”ның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Салтанатлы ашылыў мәресимин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ашып берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде соӊғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Буның айқын мысалы сыпатында, бүгинги күнде Республикамызда 3 мыңнан аслам спорт объектлери болып, бунда жасларымыз дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте.
Елимиздеги бундай кең көлемдеги спорт базаларының қурылыўы спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар ҳǝм өсип киятырған жас ǝўладтың спорт пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылыўына, сондай-ақ, спорт түрлери бойынша шуғылланыўшылардың санының күннен-күнге артып, спортшыларымыздың халық-аралық ареналарда жеңимпазлықты қолға киргизиўине себеп болмақта.
Өткерилип атырған спорт жарысларында республикамыздың барлық министрлик, басқарма ҳәм басқарыў уйымларынан командалар қатнасып атырған болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги командалары кубок жарысларын баслап берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети