Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық Шоманай районында үйрениў жумыслары алып барылмақта
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық Шоманай районында үйрениў жумыслары алып барылмақта
1924
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районының социаллық-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, бир қатар кемшиликлерди сынға алған еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен Шоманай районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Орайлык сайлаў комиссиясы баслығы Е.Джуманазаровты Шоманай районына жуўапкер етип бекитилген.
Республикамыз басшысы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Е.Джуманазаров тәрепинен Шоманай районында бир қанша үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Дәслеп Шоманай районы Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан қурылып атырған 32-санлы мектеп имәраты, жаңадан бой тиклеп атырған китапхана, монша ҳәм жасыл қапламалы киши футбол майданшаларының қурылыс жумыслары көрип шығылып, қурылыс жумысларын жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, район орайындағы Мәденият бөлими имәратының қурылысы, Ақ жап АПЖ аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Сарманбайкөл АПЖ аймағындағы турғынлардың ең аўрыўлы машқаласы болған Республикалық әҳмийетке ийе 4Р-177 автомобиль жолының 28,9-км.де жайласқан көпирдиң қурылыс жумысларын Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгиленген мүддетте сапалы етип жуўмақлаў илажлары көрилмекте.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, Сарманбайкөл АПЖ аймағындағы 4Р-177 автомобиль жолының 28,9-км.де жайласқан көпирди ҳәм жоқарыда келтирилген мүддети кешиккен қурылыс объектлерин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы жылдың 16-сентябрь күни Шоманай районына болған сапары даўамында жеке өзи барып көрип, жуўапкерлерге қысқа мүддетте жуўмақлаў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети