Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм атқарыў тәртибин қадағалаў бойынша мәжилис өткерди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм атқарыў тәртибин қадағалаў бойынша мәжилис өткерди
4662
Усы жылдың 8-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған Пәрман ҳәм қарарлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарарлары менен ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў илажлары ҳәм атқарыў тәртибин қадағалаўға арналған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ашты ҳәм алып барды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, сектор басшылары ҳәмде министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлери, олардың орынбасарлары, тийисли тараў ҳәмде сектор басшылары қатнасты.
Өткерилген мәжилисте Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрманлар, қарарлар ҳәм протоколларында ҳәмде Қарақалпақстанға болған сапарлары даўамында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған кемшиликлер бойынша мәселелер қарап шығылды.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумыслар, барлық тараўларды раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылып атырған имканиятларға айрықша тоқталып өтти.
Сондай-ақ, болып өткен мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңестиң Баслығы тәрепинен бүгинги күнде халқымыздың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўында артта қалыўшылық жағдайларының ушырасып атырғанлығы, белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслиги сынға алынып, бул бойынша жуўапкер басшылар қатаң ескертилди.
Соның менен бирге аўыл хожалығы, қурылыс, жол инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар тараўларда белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда ушырасып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилип, белгиленген ўазыйпалар ҳәм тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети