Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
4569
Бүгин Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.
Болып өткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында, социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлик, медициналық жәрдем, жол, ишимлик ҳәм ақаба суў, электр ҳәм газ тәмийнаты, исбилерменлик искерлигинде ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда жәми 433 мүрәжат келип түскен болып, соннан 200 ге шамалас машқала дерлик тең 50 проценти орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Мәселен Қанлыкөл районынан Торыбаев Улыгбектың билдирген мүрәжаты сол орынның өзинде унамлы шешимин таўып, көшесине жаңадан электр линиясын тартыў жумыслары баслап жиберилди.
Мойнақ районы Мәдели АПЖ Порлытаў аўылы пуқарасы Жапаров Жадигердиң Порлытаў аўылын газ бенен тәмийинлеў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, жәми 8.2 км узынлықтағы газ линиясын тартып бериў ҳәм 200 ден аслам хожалықты қайта газге жалғаў жумыслары күнниң өзинде баслап жиберилди.
Хожели районынан Бакиева Мухаббат ҳәм Жадигерова Насибалардың контракт пулларын төлеп бериў бойынша мүрәжатлары унамлы шешилип, төлемли-шәртнама пулларын өткерип бериў бойынша тапсырма берилди.
Тақыятас районынан Ешмуратов Толыбай көшеси оңлаўға мүтәжлиги бойынша мурәжат етип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тапсырмасы менен 1 ҳәпте мүддет ишинде көшесине қум-щебень араласпасы (ЩПС) төсеп берилетуғын болды. Сондай-ақ, Қоңырат районынан Зарекеева Замираның мүрәжаты бойынша үйиниң шифери бастырып берилиўи ҳәм Юсупов Азаттың мүрәжаты бойынша үйиниң ишине пол төселип, оңлап бериў белгиленген болса, Шоманай районынан Жамалов Абилқасымның жумыссызлығы бойынша мүрәжатына тийкар райондағы 3-санлы мектепке жумысқа қабыл етилди.
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жолға қойылған бундай қабыллаўлар пуқаралар турмысында ушырасып атырған ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўда соның менен бирге халқымызды бүгинги күнинен кеўилли жасаўы жолында және бир әмелий жумыслардың дәлийли болады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қабыллаўлары орынларда даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети