Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен Төрткүл районында өткерилген мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўы үйренилмекте
1809
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы жылдың 22-сентябрь күни Төрткүл районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм аймақта алып барылып атырған кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары менен танысыў мақсетинде районда болып, бир қатар кемшиликлерди сынға алды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппараты Юридикалық бөлими баслығы А.Атажановты Төрткүл районына жуўапкер етип бекиткен еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде А.Атажанов тәрепинен Төрткүл районында үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Дәслеп, 2022-жылда қурылыс-оңлаў жумыслары белгиленген “Ташкент” пуқаралар жыйыны аймағындағы 260 орынлық 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имәраты, 2023-жылда қурылыўы белгиленген 2000 орынлық Амфитеатр, Жаслар орайы имаратын, 8-санлы мектеп ушын 660 орынлық, медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими ушын 100 орынлық қосымша имарат қурыў бойынша жер орынларын анықлаў жөнинде жумыслар үйренилди ҳәм жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен районда бәнтлик мәселеси де сынға алынған еди ҳәм бул бойынша Төрткүл районы бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен бир неше аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының жумыссыз пуқаралары ушын 6-7-октябрь күнлери бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип, 62 пуқараға жумысқа жайласыў ушын жолламалар берилди.
Сынға алынған транспорт хызмети бойынша машқаланы шешиў мақсетинде Транспорт министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ЖҲҚБ қәнийгелеринен ибарат исши-топар тәрепинен Төрткүл районында қоспа рейд илажлары өткерилди ҳәм өзлерине белгиленген схема тийкарында ҳәрекетлениўине әмел етпеген ҳәм нызамсыз жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланып келген 21 автотранспорт басқарыўшыларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баянламалар рәсмийлестирилди. Соның менен бирге райондағы жолаўшы тасыў менен шуғулланыўшы кәрханаларда ислеўши 56 хызметкердиң 2022-жылдың 8 айы даўамында есапланбастан қалған жеке пуқалардың дәрамат салығын өндириў бойынша да ис-илажлар көрилмекте.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме бөлими