Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районында болды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районында болды
4020
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Қанлыкөл районы аймағында жаңадан бой тиклеп атырған «Жаңа Өзбекстан» турақ-жай массиви қурылысы менен жақыннан танысты.
Айтып өтиў орынлы, Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14,3 гектар жер майданында 300 квартиралы 10 турақ жай, 1 улыўма билим бериў мектеби, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў белгиленген болып бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте. Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен қурылыс жумысларын жеделлестириў ҳәм сапалы әмелге асырылыўын турақлы қадағалап барыў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары ҳәм районлық мәкемелердиң баслықлары сондай-ақ, Қанлыкөл районының белсендилери, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Сөзиниң басында Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципинде әмелге асырылып атырған реформалар, қурылыс ҳәм абаданластырыў, үлкен дөретиўшилик жумысларына тоқталып өтти.
Соның менен бирге Қанлыкөл районында да бул бағдардағы кең көлемли жумыслар даўам еттирилип атырғанлығын атап өтип, бунда айырым тараў басшылары тәрепинен өз жумысына немқурайлық пенен қараў ҳәрекетлери ҳәм жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерин сынға алды.
Өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы, мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң өзлерине жүклетилген ўазыйпаларын талап дәрежесинде орынламай атырғанлығы, секторлар жумысы қанаатландырарсыз екенлиги, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў, медицина, социаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы бир қатар тараўларда жол қойылып атырған қате-кемшиликлерге тоқтап өтти.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында белгиленген режелердиң орынланыўының кешиктирилиў жағдайлары, районның экспорт потенциялынан толық пайдаланбаў, исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы кемшиликлер, жумыссызлықты қысқартыў бағдарындағы, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўындағы артта қалыўлар да сынға алынып, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Орайлык сайлаў комиссиясы баслығы Е.Джуманазаровты Қанлыкөл районына жуўапкер етип бекитти.
Мәжилис жуўмағында быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 9 млрд. 891 млн.сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети