Астанада Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары кеңесиниң мәжилиси басланды
1707
Қазақстан пайтахты Астана қаласында Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары кеңесиниң алтыншы саммити өз жумысын баслады.
Алдын усы мәмлекет сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Айбек Смадияров гезектеги әнжуман 50 ге шамалас делегация ўәкиллери бир орынға жыйналатуғынын мәлим еткен еди.
Қазақстан басшылық етип атырған жоқары дәрежедеги гезектеги ушырасыў АБИКти шақырыў басламасының 30 жыллығына туўра келди. Саммитке ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер, шөлкемлер, бирге ислесиўши структуралардың жетекшилери мирәт етилген.
Азия кеңеси саммити пандемиядан кейинги дәўирде региондағы ең ири сиясий илажлардан бирине айланыўы күтилмекте. Илаж даўамында, соның ишинде, Қазақстан басшылығындағы еки жыллық жумыс жуўмағы шығарылады.
11 мәмлекет басшысы қатнасатуғын саммит даўамында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы, қарарлар қабыл етилиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети