Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районында болды
4954
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний районындағы “Жайхун” МПЖ да жайласқан 53-санлы балалар бақшасын капитал оңлаў ҳәм “Бостан” МПЖ да жайласқан 120 орынлы балалар бақшасын жаңадан қурыў жумыслары менен жақыннан танысып, қурылыс жумысларын қадағалап барыў ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары ҳәм районлық мәкемелердиң баслықлары сондай-ақ, районның белсендилери, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Барлық орынларда өткерилип атырған ушырасыў ҳәм мәжилислер қатарында Беруний районында тараў басшылары ҳәм район белсендилери менен мәжилис өткерилиўиндеги тийкарғы мақсет – пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәмде халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған болып, бундай ушырасыўлар еледе даўам еттирилетуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, соның менен бирге халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған басламалар, мәмлекетлик реформалардың орынланыўы менен байланыслы ис-илажларды атап өтип, бул бағдарда ушырасып атырған кемшиликлерге тоқталып өтти.
Өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалып атырғанлығы ҳәмде жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мәнзилсиз жумсалған жағдайлары анықланғанлығы, соның менен бирге бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, есабатларға қосып жазыўлар сыяқлы унамсыз жағдайлар оғада көп ушырасып атырғанлығы атап өтилди.
Мәжилисте жеңиллетилген кредитлерди биймақсет жумсап жибериў, талан-таражлыққа жол қойыў, ҳақыйқый мүтәж адамлар қалып, ажыратылған пулларды мәнзилсиз жумсаў жағдайлары тиккелей ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырғаны қатаң сынға алынды.
Соның менен бирге банк-финанслық қатнасыклардағы қәте-кемшиликлер, субсидияларды өзлестирип жибериў жағдайлары ушырасып атырғанлығы, денсаўлық, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлардағы кемшиликлер, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарсыз екенлиги, мәмлекетлик ҳәм инвестициалық бағдарламалар шеңбериндеги жумысларда артта қалыўшылықлар ушырасып атырғанлығы атап өтилип, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң юридика бөлими баслығы Алишер Атажановты Беруний районына жуўапкер етип бекитти.
Мәжилис жуўмағында быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,5 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Барлық орынларда өткерилип атырған ушырасыў ҳәм мәжилислер қатарында Беруний районында тараў басшылары ҳәм район белсендилери менен мәжилис өткерилиўиндеги тийкарғы мақсет – пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәмде халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған болып, бундай ушырасыўлар еледе даўам еттирилетуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен атап өтилди.


Соның менен бирге банк-финанслық қатнасыклардағы қәте-кемшиликлер, субсидияларды өзлестирип жибериў жағдайлары ушырасып атырғанлығы, денсаўлық, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлардағы кемшиликлер, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарсыз екенлиги, мәмлекетлик ҳәм инвестициалық бағдарламалар шеңбериндеги жумысларда артта қалыўшылықлар ушырасып атырғанлығы атап өтилип, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң юридика бөлими баслығы Алишер Атажановты Беруний районына жуўапкер етип бекитти.
Мәжилис жуўмағында быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,5 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети