Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
3729
Бүгин Елликқала районында Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.
Болып өткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында, бәнтлик, медициналық жәрдем, электр ҳәм газ тәмийнаты, жол, ишимлик ҳәм ақаба суў, социаллық қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик искерлигинде ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда жәми 284 мүрәжат келип түскен болып, соннан 124 машқала орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Мәселен, Әмиўдәрья районы «Бостан» МПЖ турғыны Зухра Рахимованың турақ жайының оңлаўға мүтәжлиги бойынша билдирген мүрәжаты унамлы шешилип, үйин оңлап бериў ушын 30 млн сўм қаржы ажыратылды.
Сондай-ақ, Төрткүл районынан Хуршида Абдуллаеваның мүрәжаты бойынша 1 жыллық контракт пуллары төлеп берилетуғын болды.
Беруний районы Орайлық (Марказий) МПЖ пуқарасы Ражапова Жерен перзентиниң емлениўи ушын қаржылай жәрдемге мүтәжлиги бойынша мүрәжат билдирип, баласын емлетиў ушын зәрүр қаржы берилетуғын болды, Бостан мәҳәллесинен Эгамберген Уразалиевтиң билдирген мүрәжаты бойынша болса, қысқа ўақыт ишинде Тажмаҳал көшесине қум-щебень араласпасы (ЩПС) төсеп бериледи.
Соның менен бирге Елликқала районынан 9 студент жаслардың мүрәжаты бойынша контракт төлеминиң 50 пайызы муғдарында төлемлери төлеп берилген болса, субсидия тийкарында 20 ҳаял-қыздың өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың «Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар»-деп атап өткениндей, пуқаралардың мүрәжаты барқулла итибарда болады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған әмелий жумыслар еледе даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети