Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Сапаров Султанбай Пердебаевичке интизамый шара қолланыў ҳаққында
5880
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бийлиги
2020-жыл 30-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген мәжилистиң 96-санлы протоколына муўапық Нөкис қаласы транспорт моделиниң Бас жобасын ислеп шығыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-апрельдеги 155-санлы карарына муўапык 2022-жылда 50 дана автобус сатып алыў, 1 дана логистика орайы ҳәм 1 дана автостанция курыў, 2 дана темир жол Вокзалын реконструкция етиў бойынша тапсырмалар Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Сапаров Султанбай Пердебаевич тарепинен белгиленген муддетлерде орынланбаған. Буннан тысқары орынларда жәмийетлик транспортты раўажландырыў, аралықтан ең шетки аймақларды жәмийетлик транспорт пенен қамтып алыў, автобус ҳәм микроавтобусларды сатып алыў, онлайн түрде лицензия бериў, субсидия алыў, тендерлерди электрон түрде өткериў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў де жетерли дәрежеде кадағалаўға алынбаған. Соның менен бирге, С.Сапаров басшы сыпатында өз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарағанлығы нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери хәмде пуқаралар тәрепинен транспорт тараўы бойынша наразылық мүрәжатлары бир неше есеге артып кеткен. Жоқарыда атап өтилген кемшиликлерди инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 181-статьясы 1-бөлими 1-бәнти, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясының 24-бәнти, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң 2022-жыл 10-октябрьдеги 1/6275-санлы хатына муўапык, Өзбекстан Республикасы Президенти хам Ҳүкимет тапсырмаларының орынланыўын өз ўақтында шөлкемлестирмегенлиги ҳәм жүзеге келген машқалалы мәселелерди шешиў бойынша зәрүрли илажлар көрмегенлиги ушын Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Сапаров Султанбай Пердебаевичке орташа айлық ис ҳақысының 30 пайызы муғдарында жәрийма салынсын.Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев
2022-жыл 13-октябрь