Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў АПЖда алып барылған абаданластырыў жумыслары менен танысты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў АПЖда алып барылған абаданластырыў жумыслары менен танысты
3394
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында алып барылған абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси Т. Худайбергенов қатнасты.
Республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Белтаў АПЖ алдын итибардан бираз шетте қалған болып, социаллық объектлер ҳәм аймақ инфраструктарасы аўыр жағдайда еди.
Аўыл пуқаралар жыйыны қысқа ўақыт ишинде қайта өмирге қайтты. Атап айтқанда аймақ орайындағы 624 орынлы 15-санлы мектепте капитал оңлаў жумыслары алып барылып қайта иске қосылды. 37-санлы аўыллық врачлық пункти, АПЖ имараты оңланды. Балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бой тикледи. Ишимлик суў ҳәм электр менен тәмийинленип, трансформаторлар жаңаланды, 6 км ишки хожалық жоллары, 3,1 км пиядалар жоллары толық оңланды. Көшелер абат етилди ҳәм пуқараларды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылды.
Буннан тысқары, мектеп оқыўшылары ҳәм аймақ турғынларын және бир «Бозжап» каналын кесип өтиўдей машқала қыйнап келген еди ҳәм бул машқала да унамлы шешилип, узынлығы 72 метр болған пиядалар кѳпири қайта қурылды. Сондай-ақ, аймақта Мәденият орайы имараты да оңланып, жаңадан ашылды. Аўылда турмыс қайта жанланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Белтаў АПЖ турғынлары турмысы менен жақыннан танысып, аймақта иске қосылған жаңа жойбарларды көзден өткерди.
Дәслеп шарўа маллары ушын жуғымлы от-жем қорларын жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди. Буннан соң балықшылық комплексиндеги жасалма усылда балық жетистириў жумысларын көзден өткерди. Соның менен бирге Артезиан қудықларын қазыў ҳәм жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыўға арналған семинарда қатнасты.
Белтаў турмысы менен танысыў даўамында еки аўылды байланыстырып турыўшы көпир жанында усы көпир арқалы мектепке қатнайтуғын оқыўшылар менен сәўбетлести ҳәм жақында капитал оңлаў жумыслары алып барылып, қайта иске қосылған мектеп искерлиги менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жаңадан бой тиклеген мәденият сарайында аўыл турғынлары менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети