Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Моҳигул Комилжонованы ерискен табысы менен қутлықлады
2237
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районы белсендилери менен ушырасты.
Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз абыройын халықаралық ареналарда көтериўде спортшыларымыздың орны айрықша екенлигин атап өтип, елликқалалы Моҳигул Комилжонованы елимиз байрағын және бир мәрте дүнья аренасында көтерип, ерискен табысы менен қутлықлады ҳәм баҳалы саўғалар тапсырды.
Айтып өтиў орынлы, усы жылдың 13-17-октябрь күнлери аралығында Армения пайтахты Ереван қаласында жаслар арасында спорттың самбо түри бойынша жәҳән чемпионаты болып өткен еди.
Чемпионатқа Еллиқала районынан Моҳигул Комилжанова 72 кг салмақта Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, финальға шекем жетип барды ҳәм гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, М. Комилжанова самбо гүресинен 5 мәрте Өзбекстан, 3 рет жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси ҳәм Азия чемпионы болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети