Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында болды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында болды
2697
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, аймақтың инфраструктурасын еледе раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары, сондай-ақ, Елликқала районы мәкеме, кәрхана басшылары ҳәмде район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда Елликқала районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳәм айырым тараў ўәкиллери тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Мәжилисте Елликқала районында мәмлекетлик бағдарламалар, соның ишинде «Абат аўыл ҳәм Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслардағы есабатларда қосып жазыўлар, кредит қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў жағдайлары, кредит пулларын нақластырып жумсап жибериў, айырым кәрханаларда үскенелер алыў ушын ажыратылған қаржылар бойынша әмелде бирде-бир әсбап-үскене алынбағанлығы, райондағы қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының орынланыўы қанаатландырарсыз жағдайда екенлиги сынға алынды.
Сондай-ақ, мектепке шекемги ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, медицина, банк кредит қатнасықлары, қурылыс, социаллық қоллап-қуўатлаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, транспорт хызметин жетилистириў, инвестициялық бағдарламаларды орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емес екенлигин атап өтилди.
Соның менен бирге, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың социаллық жағдайын жақсылаў ушын ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлерди талан-тараж етиў жағдайы район көлеминде ҳәўиж алғанлығы, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өз хызмет ўазыйпасына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары айрықша тилге алынып, бул бойынша жуўапкершиликке тартыў шараларын көриў тийисли тараў ўәкиллерине тапсырылды.
Өткерилген мәжилисте бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Мәжилис жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев быйылғы жыл жуўмағына шекем Елликқала районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,5 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети