Шерикликти беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды
Шерикликти беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды
3047
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәрисими болып өтти.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.
Буннан тысқары, еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесинде көп қырлы Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўин кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде:
– Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасында сиясий сөйлесиў, парламентлераралық, саўда-экономикалық бирге ислесиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў бойынша 2022-2024-жылларға мөлшерленген Әмелий ҳәрекетлер режеси;
– Еки тәреплеме сыртқы экономикалық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан аймақларында саўда жолларының жумысын тәртипке салыў ҳаққында келисим;
– Илимий-техникалық бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша Әмелий илажлар режеси;
– Дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымларды дизимге алыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Сондай-ақ, электр энергетикасы, бажыхана жумысы, ветеринария ҳәм шарўашылық, кинематография ҳәм басқа да бағдарлар бойынша келисимлерге ерисилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети