Хожели районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде көргизбели семинар өткерилди
1772
Бүгин Хожели районы "Саманкөл" АПЖ аймағындағы Тоғай хожалығының тәжирийбе майданшасында “Әҳмийетли 40 күнлик” жойбары шеңберинде әтирап аймақты абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша көргизбели семинар өткерилди.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен ҳәр бир район аймағын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде нәл егиў жумысларын алып барыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар белгилеп берилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығы Н.Обломурадов, қала ҳәм район ҳәкимлери қатнасты.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Әҳмийетли 40 күнлик» илажларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў, бунда тәжирийбели қәнигелер тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында терек нәллери егилиўин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети