Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаңадан қурып питкерилген жол өткизгишти ашып берди
2853
Бүгин халықаралық әҳмийетке ийе А-380 "Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў" автомобиль жолының 761.1 км.де жайласқан жол өткизгиштиң ашылыўы болып өтти.Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Улыўма узынлығы 1400 метр, ени 14.5, бийиклиги 10 метр болған жол өткизгиш қурылысы Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылған болып, темир жол үстинен өтиўши еки полосалы көпир пайдаланыўға тапсырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети