Саманбай АПЖ да «Аналар бағы» жаратылды
2070
Бүгин, Нөкис райони “Саманбай” АПЖ аймағында Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети басламасы менен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде “Аналар жасыл мәкан ушын” сүрени астында “Аналар бағы” жаратылды.
Онда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери комитети баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслиғи М.Ахмедова, Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәмде “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекети ағзалары, мәҳәлледеги нураний аналар ҳәм белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.
“Саманбай” АПЖ аймағындағы 2 гектар жерге 500 түп ҳәр түрли мийўели терек нәллери егилди.




Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети