Қараөзек районында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелий семинар болып өтти
1508
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеӊберинде декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин егиў ҳәм нәл егиў ушын орынларды таярлаў бойынша әмелий семинарлар өткерилип атырған болып, усындай илажлардың бири бүгин Қараөзек районында болып өтти.
Өткерилген семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Онда аўыл хожалығы тараўы жуўапкер ўәкиллери ҳәм қәнигелерине терек нәллерин егиў ушын орын таярлаўда зәрүрли болған компост ҳәм биогумус таярлаў усыллары бойынша түсиник берилип, бул бойынша әмелий тәжирийбе жумыслары көрсетилди.
Сондай-ақ, семинар даўамында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллери егилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети