Ыссыхана хожалықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2589
Мәмлекетимиз халқына сапалы ҳәм кепилликли аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ыссыхана хожалықлары ҳәм музлатқышлы қоймаханалардың экономикалық жақтан нәтийжели ислеўи ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, бул тараўда бәнт болған халықтың дәраматларын арттырыўды қосымша хошаметлеў мақсетинде:
- Ыссыхана хожалықларында өним жетистириў ҳәм таяр өнимди ишки ҳәм сыртқы базарға бағдарлаўдың сондай жаңа механизми енгизилсин, оған муўапық Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Орайлық банк. Аўыл хожалығы министрлиги және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте 15 күн мүддет ишинде усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған миллий ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлердиң белгиленген тәртипте қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
- 2022-2023-жылларда ыссыхана хожалықларын инженерлик-коммуникация тармақлары (ишимлик ҳәм ақаба суўы, электр энергиясы ҳәм ирригация тармақлары) менен тәмийинлеў бойынша мәнзилли дизим 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги және Өзбекстанның сырт ел мәмлекетлериндеги елшиханалары менен биргеликте:
- Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Энергетика министрлиги бир ай мүддетте аймақлардағы ыссылық электр станциялары ҳәм орайларынан ыссылық энергиясын алып ислейтуғын ыссыханаларға энергия жеткерип бериўде «жасалма» дәлдалшылар пайда болыўы ҳәм баҳалардың тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў илажларын көрсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте ыссыханаларда жетистирилген өнимлерди базарларға жеткериўди кеңейтиў мақсетинде халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан агрологистика жойбарларын әмелге асырыўда жүк автомобильлерин (суўытқышлы) сатып алыўды қаржыландырыў илажларын көрсин.
- Ыссыхана хожалықларының финанслық жағдайын жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша республикалық жумысшы топардың қурамы (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ғалаба хабар қуралларында ыссыхана хожалықларында интенсив усылда өним жетистириў, оларды ишки ҳәм сыртқы базарларға жибериў бойынша унамлы тәжирийбелерди ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барсын.
- Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.