Кәсиплик аўқамлары тәрепинен өткерилген таңлаўдың республикамыздан еки жеңимпазы «Жентра» ҳәм «Кобальт» автомашиналары менен сыйлықланады
2069
Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2022-жыл 1-март күни Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги абыройын және де беккемлеў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларға бағышлап өткерилген кеңейтилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бағдарында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың машқалаларын турақлы шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша Республика комиссиясы тәрепинен халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиўге көмеклесиў, «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы нәтийжелилигин тәмийинлеў, бул бағдарда жәмийетшиликтиң ролин арттырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ўәкилликли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте социаллық шерикликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде өзиниң пидәкерлик мийнети менен бәршеге үлги көрсеткенлерди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Ең жақсы мәҳәлле басшысы», «Ең жақсы сектор басшысы», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» республика таңлаўының жеңимпазлары анықланды.
Таӊлаўдыӊ Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстан Республикасынан аймақлық басқыш жеӊимпазлары қатнасып, «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» республика таңлаўында Беруний районы “Қызылқала” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Нуримбетова Наргиза Давлетбаевна 1-орынды ийелеп, «Жентра» автомашинасын, «Ең жақсы жаслар жетекшиси» республика таңлаўында Қоӊырат районы “Мыӊжарған” мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Мамбетярова Улбосын Мусатдин қызы 2-орынды ийелеп, «Кобальт» автомашинасын жеӊип алыўға миясар болды.
«Ең жақсы мәҳәлле басшысы», «Ең жақсы сектор басшысы», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларыныӊ Республика басқышы қатнасыўшыларыныӊ ҳәр бири 30 миллион сумнан ақшалай сыйлықланады.
Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими 11-ноябрь кәсиплик аўқамлары күни байрамы қарсаңында болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги