Өзбекстандағы 8 жоқары оқыў орны биринши мәрте Азияның ТОП 1000 университетлери қатарынан орын алды
1415
Уллы Британияның дүнья бойынша жоқары оқыў орынларын анализ етиўге қәнигелескен компаниясы Quacquarelli Symonds (QS) Азия университетлериниң 2023-жыл ушын рейтинг нәтийжелерин жәриялады.
Онда биринши мәрте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Азияның ТОП 1000 лықтағы ең күшли университетлери қатарынан орын алды.
Quacquarelli Symonds (QS) дың материклер кесиминдеги бул рейтинги бүгинги күнге шекем ең үлкен рейтинг есапланып, өз ишине Азиядағы 760 ең алдынғы университетлерин қамтып алған.
Quacquarelli Symonds (QS) дүньядағы ең жақсы университетлер рейтингин дүзиўшилер университетлерди алты көрсеткиш бойынша баҳалайды, яғный, илимий изертлеў искерлиги, билим бериў, жумыс бериўшилердиң пикири, карьера өсиўи потенциалы, халықаралық студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың саны бойынша баҳаланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети