Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында терек егиў мәресими болып өтти
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында терек егиў мәресими болып өтти
1480
10-11-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының мәжилиси болып өтиўи белгиленген болып, мәжилис шеңберинде бир қанша илажлар өткерилиўи режелестирилген еди.
Бүгин түркий мәмлекетлер жетекшилери Самарқандтағы Регистан майданы жанындағы қыябанда терек екти. Терек егиў мәресими Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Түркменстан ҳәм Венгрия пайтахтларында, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болып өтти.
Мәресим, пайтахтымыздағы Нөкис қаласында да болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, депутатлар, министрлик ҳәм шөлкем басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасып, «Истиқлол» балалар дем алыў бағындағы ажыратылған майданға терек нәллерин отырғызды.
Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз бойынша «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары көрип шығылып, усы жылдың 10-декабрь күнине шекем терек егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди. Усыған тийкар Қарақалпақстан Республикасының барлық орынларында да улыўма миллий жойбар шеңберинде жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Бугинги болып өткен илажда шын мәнисинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған илажлардың даўамы болды десек алжаспаған боламыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети