«Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
«Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
2797
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, өткен қысқа дәўир ишинде Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм Қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.
“Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жыллары халықтың саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында”ғы арнаўлы Қарардың қабыл етилгени медицина тараўында әмелге асырылып атырған илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге беккем тийкар болмақта.
Усы тарийхый Қарар тийкарында Нөкис қаласында 20 орынлы хирургия бөлими ҳәмде аўыр наўқаслар ушын 20 орынлы паллиатив жәрдем көрсетиў бөлими шөлкемлестирилди, шетки аймақларда жайласқан 6 районда кардиолог, онколог, уролог ҳәм невролог шыпакерлери штатлары көбейтилди. Буннан тысқары, Нөкис қаласында 120 орынлы Балалар медицина реабилитация орайын ашыў, барлық қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелерин 90 түрдеги 2021 дана заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, перинатал ҳәм туўыў бөлимлерин 36 түрдеги 261 дана әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Болып өткен байрам салтанатында тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип киятырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды.
Сондай-ақ, бир қатар тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.
Байрам салтанаты көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети