Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен 15 лаўазымлы шахс ийелеп турған лаўазымынан азат етилип, 116 лаўазымлы шахсқа интизамый жаза шарасы қолланылды
5734
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм халықты қыйнап кыятырған машқалаларды сапластырыў илажлары бойынша бүгинги күнге шекем 11 районда мәжилис өткерилди.
Бул мәжилислерди өткериўден тийкарғы мақсет халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм бул бағдарда өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап киятырған айырым басшылардың өз лаўазымына болған жуўапкершилигин арттырыў болып есапланады.
Айтып өтиў орынлы, усы мәжилислер протоколларындағы тапсырмалар тийкарында мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде белгилеп берилген тапсырмаларды ҳәм өз тараўлары бойынша жүклетилген ўазыйпаларды орынлаўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойып, өзине билдирилген исенимге немқурайлық пенен қарағанлығы ушын 15 лаўазымлы шахслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен ийелеп турған лаўазымынан азат етилди. Соның менен бирге 116 лаўазымлы шахсларға нызамшылықта белгиленген тәртипте интизамый жаза шаралары қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети