Әмиўдәрьялы Маликаға Президентимиз саўғасы болған 2 ханалы үй тапсырылды
Әмиўдәрьялы Маликаға Президентимиз саўғасы болған 2 ханалы үй тапсырылды
2649
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған әдил сиясаттың нәтийжесинде кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларды мәмлекет тәрепинен ғамхорлыққа алыў бойынша көплеген әмелий жумыслар алып барылып атыр. Усылар қатарында бағыўшысын жоғалтқан ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларды үй-жай менен тәмийинлеў бойынша да ийгиликли, соның менен бирге саўаплы ислер даўам еттирилмекте.
Усындай социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың бири болған Әмиўдәрья районы Байаўыл МПЖ турғыны Аҳмедова Маликаға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен Президентимиз саўғасы болған 2 ханалы үй тапсырылды.
Сондай-ақ, еки перзенттиң анасының бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумысқа жайластырылды.
Әлбетте, әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ислер елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған реформалардың айқын мысалы болады десек асыра айтқан болмаймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети