Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
2003
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген мәжилисте тийкарынан Президент виртуал қабыллаўханасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң телеграм-ботына келип түскен мүрәжатлардың анализи, ҳәмде Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы, қала ҳәм районларда өткерилген көшпели қабыллаўлардың нәтийжелери, қала ҳәм районлар 4 сектор басшылары тәрепинен өткерилип атырған көшпели қабыллаў жағдайларының барысы сыяқлы әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Мәжилисте барлық министрлик, мәкеме, шөлкем басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, тараў ўәкиллери қатнасты.
Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде “Инсан қәдири ушын” деген тийкарғы принцип тийкарында барлық имканиятлар жаратылып берилмекте.
Бырақ, айырым тараў ҳәм сектор басшылары тәрепинен пуқараларды қыйнап киятырған машқалалы мәселелерди унамлы шешиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар қанаатландырарсыз жағдайда жүргизилип атырғанлығы да сыр емес.
Соннан, Жоқарғы Кеңес телеграм-ботына келип түскен мүрәжатларды шешиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар Төрткүл, Хожели, Тақыятас, Беруний районларында дурыс жолға қойылмай атырғанлығы сынға алынды.
Усылар менен бир қатарда, ҳәкимликлердеги ҳәмде айырым министрлик, мәкемелердеги жуўаплы хызметкерлер тәрепинен пуқаралар мүрәжатларына немқурайдылық пенен қараўы, айырым жағдайларда билим дәрежеси жетерли болмағанлығы себепли, тәкирарий мүрәжатлардың көбейип кетиўине себеп болып атырғанлығы да атап өтилди.
Сондай-ақ, айырым сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың машқалаларын шешиўде орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар әмелде көзабаға формасында екенлиги, яғный, қабыллаўларда пуқаралардың қатнасы жүдә төменлиги тилге алынды.
Тараўлар кесиминде ең көп мүрәжатлар үй жай менен тәмийинлеў мәселесинде, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм, коммунал тараўлары, ҳуқық-қорғаў уйымлары мәселелери, бәнтлик, ис ҳақы ҳәмде шаңарағына ҳәм емлениўде материаллық жақтан жәрдем көрсетиў мәселесинде мүрәжатлар келип түскенлиги айтып өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде тараў басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бағдарындағы жумысларды қайта көрип шығып, әмелде ҳәр бир пуқараның мәселеси итибарға алыныўы кереклиги бойынша қатаң тапсырма берди ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң “Инсанлардың дәрт ҳәм тәшиўишлерин ойлап жасаў - инсаныйлықтың ең жоқары өлшеми болып табылады” деген сөзлерин ҳәр бир басшы өзине сүрен етип алыў кереклигин айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети