Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында болды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында болды
5326
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы “Саманкөл” мәҳәллесиндеги қурылыс жумыслары жуўмақланбаған Айбек шаңарақлық шыпакерлик пункти имаратының реконструкциялаў жумысларын барып көрди. Объектте реконструкция жумыслары кешиктирилип атырғанлығы, буның ақыбетинде аймақ турғынларына сапалы медициналық хызмет көрсетиўде машқалалар жүзеге келгенлиги себепли жуўапкерлер ескертилди. Қурылыс жумысларын сапалы түрде жуўмақланыўын тәмийинлеў ҳәм кешиктирилген ҳәр бир күн ушын жаза шарасын белгилеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Хожели раойны белсендилери, министрлик ҳәм шөлкемлер, районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Өткерилген мәжилисте халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Хожели районында үйрениў жумыслары алып барылғанында бир қанша нызам бузыўшылық жағдайлары ҳәм қәте-кемшиликлер анықланған. Соннан, райондағы 13 ҳәким жәрдемшилери өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли, ажыратылған кредит қаржылары мақсетсиз сарыплап жиберилген ҳәм талан-тараж етилген.
Райондағы коммерциялық банклерде де бир қатар финанслық ойынлар, кредит қаржыларының мақсетсиз сарыпланыўы сыяқлы жағдайлар анықланған. Ең ашынарлысы, Халық банкиниң районлық филиалы басқарыўшысы өзи лаўазымлы шахс бола тура жумыссыз пуқаралар ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлер есабынан өз атына кредит қаржыларын рәсмийлестирип, талан-тараж еткен.
Буннан тысқары, Хожели районында қурылыс жумыслары талап дәрежесинде алып барылмаған. “Инвестиция”, “Абат аўыл” бағдарламалары ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша бир қанша қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болыўына қарамастан, айырым жумыслар орынланбаған. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде қурылыс тараўындағы орынланбаған жумыслар оғада көп екенлигин сынға алды. Буннан тысқары, мәжилисте сектор басшылары тәрепинен пуқаралар мүражатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарлы емеслиги атап өтилди.
Өз нәўбетинде, райондағы бир қатар тараўлар қатарында социаллық тараўда алып барылып атырған жумыслар да сынға алынды.
7-8-11-19-20-21-санлы балалар бақшаларының рационлары үйренилгенинде балық, сүт, қатық, сары май, гөш, мәйек, творог өнимлери кемис шыққаны, яғный, балаларға берилиўи керек болған азық-аўқатлық затлар өз мәплери ушын пайдаланылып жиберилген, айырым бақшаларда балаларға берилетуғын аўқатлардың сапасына итибар берилмеген.
Сондай-ақ, Хожели районында билимлендириў, спорт, өнимлерди экспортқа шығарыў, аймақларды абаданластырыў, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў, бюджет қаржыларын мақсетли жумсаў сыяқлы бир қатар тараўларда кемшиликлер сынға алынды.
Анықланған кемшиликлер бойынша Хожели районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, аўыл хәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары - Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслығы, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары интизамый жазаға тартылды.
Районлық суў тәмийнаты бөлими баслығы, Медицина бирлеспеси баслығы, мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы, халық билимлендириў бөлими баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды. Хожели районы Халық банки филиалы баслығы менен ҳәким жәрдемшилери менен ислесиў орайы баслығы ҳәм 7-8-11-19-20-21-санлы бақшалар баслықларының өз лаўазымларына ылайықлығын қайта көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.
Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған итибар нәтийжесинде республикамызда алып барылып атырған ийгиликли ислергеде тоқталып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен бир қатар мәҳәллелердеги инфраструктура объектлерин жақсылаў белгиленген болып, соның ишинде, тек ғана Хожели районы бойынша 18 проектте 22 млрд 911 млн.сумлық ишки жолларды реконструкциялаў, ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў ҳәм тартыў жумыслары алып барылады.
Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,7 млрд. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети