Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер арасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша таңлаўдың 1- басқышы өткерилди
1482
Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеси баслығының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасындағы Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердың коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс-қадағалаў бөлими жуўаплы хызметкерлери арасында таңлаў өткерилди.
Таңлаў 3-басқыштан ибарат болып, қатнасыўшылар 1-басқышта тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлери бойынша тест сораўлары, 2-басқышта оқыў орнында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комплаенс системасы ҳәмде 3-басқышта коррупцияның алдын алыў ҳәм усы бағдардағы нызамшылық базасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў шәртлери бойынша беллеседи.
Айтып өтиў орынлы, таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет-Коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин ҳәм мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде комплаенс қадағалаўды әмелге асырыўшы хызметкерлердиң жуўапкершилигин асырыў ҳәм хошаметлеўден ибарат.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети