Профессор Елизавета Кутыбаеваның 65 жасқа толған юбилейине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти
Профессор Елизавета Кутыбаеваның 65 жасқа толған юбилейине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти
1577
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзасы, юридика илимлери докторы, профессор Елизавета Кутыбаеваның 65 жасқа толған юбилейине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, Е.Кутыбаеваның 65 жасқа толыўы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан қутлықлады ҳәм “Ардақлы нураный” көкирек белгисин тапсырды.
Онда илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, нуранийлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ҳақыйқатында да, юбилярдың өмир жолы, илимий мийнетлери, илимий –педагогикалық ҳәм жәмийетлик–сиясий жумыслардағы белсендилиги айрықша атап өтиўге ылайық. Оның бай тәжирийбеге ийе мийнет жолы ҳәр қандай өсип киятырған жас әўлад үлги алыўға турарлық. Юбилей кешесинде устаз профессордың мине усындай алдынғы пазыйлетлери атап өтилди ҳәм илим-билим тараўы раўажланыўына қосқан үлеси ушын миннетдаршылық билдирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети