Алыс аймақ турғынларының мүрәжатлары унамлы шешилип атыр
Алыс аймақ турғынларының мүрәжатлары унамлы шешилип атыр
1280
Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районынан дерлик 200 км қашықлықтағы Устирт тегислиги үстинде жайласқан Қубла Устирт аўылында болып, аўыл турғынлары менен ушырасқан еди.
Ушырасыўда аймақ турғынлары ушын медициналық көрик шөлкемлестириў, аўыл мийирбийкеси ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, буннан тысқары аймақты сымлы интернет байланысы менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелер бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжатлар билдирилген еди.
Бүгин, аймақ турғынларының мүрәжатлары унамлы шешилип, машқалалар избе-изликте сапластырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының арнаўлы тапсырмасы менен Жоқарғы Кеңес, Ден саўлықты сақлаў Министрлиги, район ҳәкимлиги ҳәм басқада бир қатар тараў ўәкиллеринен ибарат арнаўлы исши топар Қубла устирт аўылында болды.
Дәслеп, аймақтың Аўыллық шыпакерлик пункти заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Буннан соң аймақ турғынлары тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Соның менен бирге, аўыл халқын интернет байланысы менен тәмийинлеў жумыслары да баслап жиберилди.
Аймақ турғынларының Жоқарғы Кеңес Баслығына еткен мүрәжатларының бири әйне усы интернет тармағына жалғаныў еди.
Қоңырат районлық телекоммуникация тармағы тәрепинен “Үстирт елатлы пункти (Қубла Үстүрт)” аймағына оптикалық кабел тартылып, усы аймаққа 96 абонентке мөлшерленген МСАН станциясы орнатылды.
Бул аймақтағы улыўма билим бериў мектеби ҳәм шаңарақлық поликлиника филиаллары ҳәм де усы аймақтағы хожалықларғада замангөй интернет хызметин көрсетиў имканияты жаратылды.
Аўыл турғынларының мүрәжаты тийкарында балалар бақшасы имараты толық реконструкциядан шығарылып, балаларды кабыллаўға таяр ҳалға келтирилди.
Әлбетте, бул жумыслардың барлығы "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли әмеллердиң және бир айқын көриниси.
Ҳәр қандай мүрәжат итибарсыз ҳәм нәтийжесиз қалмайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети