Мәҳәллелерде инфраструктураны раўажландырыў бойынша қабыл етилген Президент қарары ҳаққында кең жәмийетшиликке түсиник берилмекте
1435
Аймақларды абаданластырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы сапластырыў, атап айтқанда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты сыяқлы инфраструктура объектлерин жақсылаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәденият, спорт ҳәм басқада объектлерди оңлаў, усы тийкарда пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын 293,7 млрд.сум ажыратылды.
Ажыратылған қаржы тийкарында әмелге асырылатуғын 259 жойбардың мәнзилли дизимлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде додаланып, тастыйықланды.
Сенатор Улуғбек Жалменов усы қарардың әҳмийети, республикамыз аймағында алып барылатуғын жумыслар, халқымызға жаратылған шараятлар ҳаққында пуқараларға кеңирек түсиник бериў мақсетинде аймақларда мәкеме ҳәм кәрхана басшылары, пуқаралар менен ушырасыўлар өткермекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети