Нөкиске тез жүрер поезд қатнаўы жолға қойылады
2659
Президент Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни Бухара—Ургенш—Хийўа темир жолын электрлестириў жойбары бойынша презентациясы менен танысты.
Жойбардың көлеми 445 млн. доллар болып, онда Бухарадан Хийўаға шекем болған 465 километр темир жол тармағы электрлестириледи.
Поездлердиң жоқары тезлиги саатына 250 километрге шекем болады. Нәтийжеде жолаўшылардың Ташкенттен Ургеншке жетип барыў ўақты 14 сааттан 6 саатқа, Бухарадан Хийўаға шекем 8 сааттан 3 саатқа қысқарады.
Президент жуўапкерлерге ҳәзирги жойбарға сәйкес түрде Нөкис қаласына шекемги болған темир жолды да электрлестириў бойынша көрсетпе берди.
Оның нәтийжесинде Ташкент пенен Нөкис арасындағы қатнаў ўақты 16 сааттан 7 саатқа шекем қысқарады.
Соның менен бирге Президент қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлардың имаратларына қуяш панеллерин орнатыў бойынша да тапсырмалар берди.
Соның менен бирге Президент қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлардың имаратларына қуяш панеллерин орнатыў бойынша да тапсырмалар берди.