Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз сегизинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз сегизинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1900
2022-жылдың 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дуйсенбай Утамбетов баянат жасады.
Қарақалпақстан Республикасының жайлаў жерлериниң улыўма майданы 5 млн. 185,3 мың гектарды яки республикамыздың улыўма жер майданының 31 процентин қурайды.
Бүгинги күнде бул жерлерде 840 тан аслам шарўашылық ҳәм қаракөлшилик жөнелисиндеги фермер хожалықлары жумыс алып бармақта, олар тәрепинен қаракөл териси, жүни ҳәм гөш-сүт өнимлери жетистирилип атырғаны сессияда атап өтилип, бул мәселе қарап шығылды.
Нызам жойбары бойынша 25-санлы “Наўбаҳар” сайлаў округинен депутат Адилбек Реимбаев шығып сөйлеп, өз пикирин билдирди.
Кейинги мәселе, яғный қала ҳәм районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен субсидиялар ажыратылыўында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.
Өткерилип атырған сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 16-июньдағы «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-6247-санлы қарары талапларының орынланыўы бойынша Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Расул Зарикеев шығып сөйледи.
Бул Пәрманның ең тийкарғы ўазыйпасы – Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўда зәрүр болатуғын мәлимлемеден кең жәмийетшиликтиң ҳеш қандай қыйыншылықларсыз пайдаланыўын тәмийинлеўден ибарат. Пәрман мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының қабыл етилип атырған ҳәр бир қарар ушын жуўапкершилигин арттыратуғынлығы атап өтилди.
Сессияда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Бахтыяр Төребековтың есабаты тыңланды.
2022-жылдың 9 айы даўамында Ишки ислер уйымлары тəрепинен ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Жынаятлардың алдын алыў мақсетинде қала ҳәм районларда “Қәўипсиз аймақ” арнаўлы профилактикалық илажлары өткерилип профилактика инспекторлары тәрепинен республика аймағында жайласқан 14 284 объектлер ҳəмде 86 547 шаңарақлар үйренилип шығылды.
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети жөнелисинде автомобиль жоллары кесип өткен мәҳәллелерде жүз берген жол-транспорт ҳәдийселериниң анализинен келип шығып, криминоген жағдайы аўыр болған 37 мәҳәллелер ажыратып алынды.
Республика бойынша 10 ҳуқық қорғаў орынлары ҳəм де Нөкис қаласы менен Қоңырат районларында электрон бақлаў орынлары шөлкемлестирилди. Жаңадан қурылыўы белгиленген 21 хызмет үйлериниң ҳүжжетлери ислеп шығылып, соннан 9 хызмет үйине жер майданлары ажыратылғанлығы атап өтилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Нөкис қаласындағы жети мәкан пуқаралар жыйынларын “Шымбай гузары” мәҳәллеси үлгисинде абат мәҳәллеге айландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша Нөкис қаласы ҳәкиминиң есабаты ҳаққындағы мәселе болып, бул мәселе бойынша Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев шығып сөйледи.
Қаламыздағы шараяты аўыр аймақлардан таңлап алынған ең төмен 7 мәҳәллеге жәми 75 млрд.сўм қаржы ажыратылған.
Соннан, режедеги ишки хожалық жолларын оңлаў, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў, трансформатор пунктлерин жаңалаў, пиядалар жолларын қурыў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў сыяқлы бир қатар жумыслар орынланғанлығы атап өтилди.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында болды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети