Халықтың күнделикли турмыс зәрүрлиги менен байланыслы мәселелерде өзи боларлыққа жол қойып болмайды
Халықтың күнделикли турмыс зәрүрлиги менен байланыслы мәселелерде өзи боларлыққа жол қойып болмайды
1218
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жақында Хожели районында болып, районда мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмыс ушын шараят жаратыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сынға алып, оны қысқа мүддетте сапластырыў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы З.Реймованы Хожели районына жуўапкер етип бекиткен еди.
Белгиленген тапсырма тийкарында Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова "Кулаб" АПЖ аймағындағы 90 орынлы балалар бақшасы имәраты, 10-санлы мектептиң қосымша имаратының қурылысы ҳәм "Мустақиллик" АПЖ аймағындағы пиядалар жолының қурылыс-оңлаў жумысларын барып көрди. Әлбетте халықтың күнделикли турмыс зәрүрлиги менен байланыслы мәселелерде өзи боларға салып болмайды. Қыстың қыраўлы күнлери жетип келместен қурылыс жумысларын сапалы түрде жуўмақлаў бойынша берилген тапсырмаларды булжытпай орынлаў мақсетинде Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова қурылысшылар менен ушырасып, қурылысты қысқа мүддетте жуўмақлаў ушын зәрүр болған барлық илажлар көрилип, мүддет белгилеп алынды.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы Хожели районында анықланған кемшиликлер бойынша район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, аўыл хәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслығы, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары интизамый жазаға тартылып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қараў бойынша ескертилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети