Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн Өзбекстан Республикасының бир қатар орынларында кең түрде белгиленбекте
1955
Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен усы бүгинниң өзинде Ташкент қаласында, Өзбекстан Илимлер Академиясының Шығыстаныў институтында “Ғəрезсизлик жылларында қарақалпақ тили ҳəм əдебиятын раўажландырыў мəселелери” атамасында илимий-әмелий конференция болып өтпекте. Бул да өз гезегинде ана тилимизге болған ҳүрметтиң және бир көриниси есапланады.
Ана тилимизди қәстерлеў, оны келешек әўладқа сап, таза ҳалында жеткериў, теңлер арасында тең болыўын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў бизиң алдымызда турған баслы ўазыйпалардан саналады.
Ташкент қаласында болып өтип атырған конференцияда Өзбекстан Республикаси Илимлер Академиясы вице президенти, Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты директоры Б.Абдухалимов, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов, филология илимлериниң докторы Ш.Турдимов ҳәм басқа да илимий хызметкерлер Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тилиниң раўажланыў тенденциялары, тарийхый раўажланыўы, түркология қарақалпақ тилиниң изертлениўи, қарақалпақ-өзбек әдебий байланыслары бойынша илимий баянатлары менен шығып сөйлеп, қарақалпақ тилиниң бай тарийхына тоқталып, алып барылған изертлеўлер бойынша мағлыўматлар берилип атыр.
Әлбетте, бул Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған итибарының және бир айқын көриниси десек алжаспаған боламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети