Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың басламасы менен Шымбай районында және бир жасыл аймақтың тырнағы қаланды
1300
Елимизде экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў, орынларда жасыл аймақларды пайда етиў, декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин отырғызыў ҳәм көбейтиў мақсетинде “Жасыл мәкан” акциясы жәрияланған еди. Бүгинги күнде де жәрияланған акция шеңберинде орынларда терек нәллерин егиў жумыслар даўам еттирилмекте.
Усы мақсетте Шымбай районы Бостан МПЖ аймағында “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде әҳмийетли илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, әҳмийетли илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы Д.Утамбетов, Жоқарғы Кеңес ҳәм районлық Кеңес депутатлары қатнасты.
Илажда жасыл аймақты пайда етиў ушын таярланған орынға жақсы нийетлер менен декоратив терек нәллери отырғызылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети