Билдирилген мүрәжат итибардан шетте қалмайды
1049
Жақында Жеке терек мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қызкеткен жағасы көшеси оңлаўға мүтәжлиги бойынша мүрәжат билдирилген еди.
Мүрәжат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Отемисов тәрепинен қадағалаўға алынып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди. Қысқа ўақыт ишинде мүрәжат унамлы шешимин таўды ҳәм Қызкеткен жағасы көшесине қум-щебень араласпасы төселип, тас жолға айландырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев айтқанындай, “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар”. Мине усы тақылетте ҳәр бир мүрәжат итибарға алынып, шешимин табыў илажлары көрилмекте ҳәм бул орында машқалаға шешим табылыўын қадағалаўда депутатлар өзлериниң үлесин қосып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети