Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Кегейли районындағы қурылыс жумысларында қадағалаў алып барылмақта
1598
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Кегейли районында болғанында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сынға алып, бир қатар ўазыйпалар белгилеп берген еди.
Белгиленген тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў ушын районға жуўапкер етип бекитилген Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов райондағы инвестициялық жойбарлар, арнаўлы бағдарламалар ҳәм Жоқарғы Кеңес Президиумының қарарлары тийкарында ажыратылған қаржылар есабынан қурылыс жумыслары алып барылып атырған объектлерде болды.
Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Д.Қурбаниязов район орайында бой тиклеп атырған Жаслар орайы, халық билимлендириў бɵлими ҳәм «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынында “Абат аўыл” бағдарламасы шеңберинде жаңадан қурылып атырған балалар бақшасы имаратының курылысын ҳәм районлық медицина бирлеспесинде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумысларының нәтийжесин кɵзден ɵткерди. Қурылысшылар менен сәўбетлесип, қурылыс сапасын үйренди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы шәртнама мүддети ɵткен қурылысларды қатаң сынға алып, өткерилген ҳәр бир күн ушын керек болса шара қоллаыў керек екенлигин тапсырған еди. Усыған тийкар Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Д.Қурбаниязов барлық үйренилген объектлердиң қурылысын қысқа мүддет ишинде сапалы етип жуўмақлаў бойынша қадағалаў жумысларын алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети